Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм комплаенс-қадағалаў хызметлериниң жумысларын жеделлестириў бағдарында әмелге асырылып атырған илажларға арналған мәжилис өткерди.
Онда усы жылдың өткен 5 айы даўамында түрли дәрежедеги лаўазымлы ҳәм жуўапкер шахслар сондай-ақ, пуқаралар тәрепинен коррупция менен байланыслы бир қатар жынаятларға қол урылғанлығы, бул жынаятлар ақыбетинде мәмлекет ҳәм жәмийет мәплерине бир қатар финанслық зыянлар жеткерилгенлиги атап өтилди.
Анықланған коррупция менен байланыслы жынаятлар бойынша айырым министрлик, уйымлар ҳәм шөлкемлердеги “комплаенс қадағалаў” системасы хызметкерлери тәрепинен тексериў-үйрениў, мониторинг, сораўнамалар өткериў, мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыўда мәплер тоқнасыўын анализлеў ҳәм сол сыяқлы жумыслар толық жолға қойылмаған. «Коррупция ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы» бойынша ғалаба хабар қураллары арқалы үгит-нәсият жумыслары да талап дәрежесинде емес.
Соның менен бирге айырым министрлик, мәкеме ҳәм шөлкемлерде финанс-экономикалық жумысларды тәртиплестириў ҳәм қадағалап барыўшы ишки аудит хызметлери шөлкемлестирилген болып, айырымлары тәрепинен өз хызмет ўазыйпаларына немқурайлық көз қараста болған.
Өткерилген мәжилисте бүгинги күнде бул ишки аудит хызметкерлери тек ғана профилактика жумысларын өткериў менен шекленип қалып атырғанлығы, соның менен бирге жумыс алып барып атырған Республика бойынша тийисли тараўларды қадағалаўшы инспекциялардыӊ жумысларыда талап дәрежесинде емеслиги сынға алынды.
Мәжилис жуўмағында тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.