Қараөзек раёны Есим ҳəм Қутлы макан мəҳеллесинде кадастр тараўында коррупция жағдайларының алдын алыў бойынша ушырасыў өткерилди.

news image

Онда кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша бас қəнигеси А.Калиллаев, Мəмлекетлик кадастрлары палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша бас қəнигеси А.Атамуратов ҳəм кадастр басшылары ПП-119 санлы Президент Пəрманының мазмуны ҳəм ол бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында айтып өтилди.

Сондай-ақ, кадастр ҳүжжетлерин таярлаў, исбилерменлик ушын жер участкаларын алыў ҳəм басқа мəселелерде кадастр хызметкерлери тəрепинен дəмегойлик, коррупциялық жағдайларға гүўа болған жағдайда басқарманың Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша бас қəнигесине мүрəжат етиўлери ҳаққында түсиниклер берилди.