ҚМУда Коррупцияның алдын алыў бағдарындағы үгит-нəсият илажы өткерилди

news image

Коррупция машқаласы бүгинги күнде жəмийеттиң раўажланыўына тосқынлық ететуғын тийкарғы факторлардың бири есапланады. Бундай жаман иллетти болдырмаў ҳəм саламат турмыс тəризин қəлиплестириў, дəмегөйшилик ҳəм коррупцияның алдын алыў, усыған байланыслы ҳуқықбузарлықлардың келип шығыўына себеп болып атырған жағдайлар ҳəм оларды сапластырыў, жəмийетлик саламат орталықты қəлиплестириў мақсетинде бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мəмлекетлик университетинде барлық проректорлар, факултет деканлары, декан орынбасарлары, кафедра баслықлар ҳəм бөлим хызметкерлери қатнасында үгит нəсият илажы болып өтти.

Илажда университеттиң ректоры А.Реймов сөзге шығып, елимизде əмелге асырылып атырған реформалардың нəтийжелилигин жəне де арттырыў, жəмийетимиз раўажланыўы ушын коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, оларды анықлаў ҳəм тоқтатыў, буған имкан бериўши себеплерди сапластырыў бойынша республика бойлап кең көлемли жумыслар əмелге асырылып атырғанлығын атап өтти. Сондай-ақ, коррупция – раўажланыў тосығы екенлиги, коррупция ҳəр қандай мəмлекет ҳəм жəмийеттиң сиясий-економикалық раўажланыўына үлкен зыян көрсететуғынлығы, мəмлекеттиң конституциялық тийкарларын ҳəм нызам үстинлиги, соның менен бирге инсан ҳуқықлары ҳəм еркинликлериниң тəмийинленбеўине алып келетуғынлығы, сол себепли мəмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиўдиң анық системасы жаратылғанлығы, бул бойынша көплеген қарарлар, пəрманлар, нызамлар қабыл етилип атырғанлығын айтып, бəршени бул жаман иллетке қарсы гүресиўде бийпарўа болмаўға шақырды.