Профессор-оқытыўшылар ҳәм ҳызметкерлер қатнасыўында коррупция жағдайларының алдын алыўга қаратылған ушрасыў өткерилди

news image

Усы жылдың 29-май күни Самарқанд мəмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳəм биотехнологиялар университети Нөкис филиалының мəжилислер залында Профессор-оқытыўшылар ҳəм хызметкерлер қатнасыўында коррупция жағдайларының алдын алыўға қаратылған ушырасыў өткерилди.
Филиал директоры А.Есимбетов илəжды кирис сөзи менен ашып берди. Ушырасыў даўамында жазғы семестр имтиханлары процесслери басланып атырғаны ҳəм усы процесске ҳəмме үлкен жуўапкершилик пенен жантасыў алып барыўы керек екени, имтиханлар даўамында коррупция жағдайларына жол қоймаў ҳəм əдалатлы тəризде болып өтиўин тəмийинлеў мəселелерине айрықша итибар қаратылды.
—Мен бул мəселени қайта тəкирарлаўдан шаршамайман, зəрүр болса ҳəр бириңизге жəне өз алдына түсиндиремен —дейди А.Есимбетов. Филиалда имтиханларда, улыўма айтқанда оқыў процессинде де дамегөйликке ҳасла жол қойылмайды. Бизлердиң сүрен əдалат ҳəм ҳадаллық тийкарында жаңлаўы керек. Студентлерге бул бағдарда биринши гезекте өзимиз өрнек боламыз.
Соның менен бирге, хызметкерлер арасында тəртип-интизам, жумысшыллардың өз ўазыйпасына жəне де жуўапкершилик пенен жантасыўы, студент-жаслардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў мəселелери де додаланды. Имтихан процесслериниң əдалатлы тəризде өтиўин тəмийинлеўде деканат, оқыў-методикалық бөлими ҳəм кафедраларға тийисли тапсырмалар берилди. Коррупцияға қарсы гүресиў “комплаенс бақлаў” системасын басқарыў бөлими бас қəнигеси Т.Смайлов ҳəм оқытыўшылар ҳəм хызметкерлер сөзге шығып, тема бойынша өз пикирлерин билдирди.